Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.05.2019 17:17
  • 1621

Қарақалпақстандағы 233 қойымшылық электр менен тәмийинленбеген. Қайыр-садақа пуллары есабы бойынша қайсы районларда кемшиликлер анықланды?

Қарақалпақстандағы 233 қойымшылық электр менен тәмийинленбеген. Қайыр-садақа пуллары есабы бойынша қайсы районларда кемшиликлер анықланды?
Әдиллик министрлиги тәрепинен қойымшылықларды шөлкемлестириў, сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықты қолланыў әмелияты үйренилди.
Министрликтиң хабар бериўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан бойынша жәми 10 457 қойымшылық бар.
Өткерилген анализлер нәтийжеси қойымшылықлардан пайдаланыў, оларды сақлаў ҳәм абаданластырыў бойынша төмендеги системалы машқала ҳәм кемшиликлер бар екенлигин көрсеткен.
Көплеген қойымшылықлар инженерлик-коммуникациялық (электр, жол ҳәм басқалар) тармақларына жалғанбаған. Мәселен, Қарақалпақстандағы 233 қойымшылық электр менен тәмийинленбеген.
Өзбекстан бойынша улыўма қойымшылықлардың 1 807 синде қайыр-садақаларды жыйнаў, есапқа алыў ҳәм олардан мақсетли түрде пайдаланыў тәртиплерине әмел етилмеген.
Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы, Хожели, Шоманай, Қараөзек районларында Абаданластырыў басқармалары тәрепинен қайыр-садақалардың келип түсиўи ҳәм олардан мақсетли пайдаланыў ҳаққында тийисли қаржы уйымларына есаплар усынылмаған.
Қойымшылықларда қайыр-садақаларды әмелге асырыў менен байланыслы шөлкемлестириў мәселелерин шешиў бойынша комиссиялар жумыслары талап дәрежесинде емес. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының Тахтакөпир, Төрткүл районларында комиссиялар шөлкемлестирилмеген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған