Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.05.2019 18:18
  • 1425

НМПИде «Шет тиллерин оқытыўда инновациялар: машқалалар ҳәм перспективалар» атамасындағы халықаралық конференция болып өтти

НМПИде «Шет тиллерин оқытыўда инновациялар: машқалалар ҳәм перспективалар» атамасындағы халықаралық конференция болып өтти
Бүгин, 14-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәжилислер залында «Шет тиллерин оқытыўда инновациялар: машқалалар ҳәм перспективалар» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Илажды институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов ашып берди ҳәм басқарып барды.
Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисинде сырт елли студентлер ушын «Fullbright» бағдарламасының ассистент-оқытыўшысы Мина Гавелл «Empowering Teachers, Empowering Students», институттың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти Дина Мамырбаева «Professional Development of English teachers: Uzbekistan experience», институттың шет тиллери факультети студенти Икрам Халмуратов «ICT in teaching English» атамаларындағы баянатларын жасады.
НМПИде «Шет тиллерин оқытыўда инновациялар: машқалалар ҳәм перспективалар» атамасындағы халықаралық конференция болып өтти
Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта шет тиллери, әсиресе, инглис тилин үйрениў, оны оқытыўдың заманагөй усылларын өзлестириў үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Өйткени, дүнья жүзилик илим тили сыпатында инглис тили алып қаралмақта. Дүньялық әҳмийетке ийе жаңалықлар, илимий изертлеў жумыслары усы тилде алып барылмақта.
Сол себепли де, елимизде Президентимиздиң айрықша итибары ҳәм басламасы менен шет тиллерин, әсиресе, инглис тилин үйрениўге айырықша дыққат аўдарылмақта. Бунда сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм жергиликлилестириўдиң де әҳмийети үлкен.
НМПИде «Шет тиллерин оқытыўда инновациялар: машқалалар ҳәм перспективалар» атамасындағы халықаралық конференция болып өтти
Ҳәзирги ўақытта билимлендириў орынларында, әсиресе, жаңадан шөлкемлестирилип атырған Президент мектеплеринде Президентимиздиң 2018-жыл 5-сентябрьдеги «Халық билимлендириў системасына басқарыўдың жаңа принциплерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, улыўмалық орта билим бериўдиң жаңа мәмлекетлик билимлендириў стандартлары ҳәм оқыўлық бағдарламалары, соның ишинде, STEAM усылын жетилистириў ҳәм басқышпа-басқыш енгизиў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Бирақ, солай болса да оқытыўда алдынғы информациялық-коммуникациялық технологияларды қолланыўда айырым машқалалар да орын алмақта.
Конференцияда усы машқалаларды сапластырыў ҳәм алдағы ўақытларда шет тиллерин оқытыў бойынша жетилискен усылларды әмелиятқа енгизиў бойынша усыныслар билдирилди.
Конференция секцияларда өз жумысын даўам еттирди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында