Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.05.2019 16:29
  • 1233

Халықаралық шаңарақ күнине арналған ушырасыў болып өтти

Халықаралық шаңарақ күнине арналған ушырасыў болып өтти
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «15-май – Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди ҳәм басқарып барды.
Ушырасыўға «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы М.Өтепбергенов, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша бөлим баслығы Қ.Нуратдинов, Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты баслығының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары Т.Досымбетова және ерли-зайыплы бақсылар Ерисбай Асқаров ҳәм Айымхан Наўрызбаевалар қатнасты.
Халықаралық шаңарақ күнине арналған ушырасыў болып өтти
Елимизде шаңараққа үлкен жәмийетлик буўын сыпатында итибар қаратылмақта. Себеби, келешек ийелери шаңарақта тәрбияланады, кәмалға келеди.
Шаңарақ ҳәм оның әҳмийети ҳаққында тәрбияны балаларға мектепке шекемги дәўирден баслап бериў кереклиги ушырасыўда сөзге шыққанлар тәрепинен атап өтилди. Әсиресе, бул бойынша барлық балалар бақшаларында 4-6 жастағы балалар ушын ҳәр күни 10-15 минут әтирапында шаңарақ тийкарлары бойынша ойын формасында тәлим-тәрбия берилип атырғаны унамлы баслама болып табылады. Сондай-ақ, усы жылдың сентябрь айынан баслап 1-4-класс оқыўшылары арасында шаңарақ тийкарлары, 5-11-класс оқыўшылары арасында шаңарақ этикасы ҳәм психологиясы пәнлерин оқытыў жобаластырылмақта.
Халықаралық шаңарақ күнине арналған ушырасыў болып өтти
Бундай әмелий ҳәрекетлердиң алып барылып атырғанына қарамастан, жаслар арасында шаңарақлық жуўапкершилик ҳаққында түсиник пайда болмай атырып ерте турмыс қурыў жағдайларының ушырап атырғаны, буның ақыбетинде ажырасыўлар саны да көбейип баратырғаны сынға алынды.
«Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы М.Өтепбергеновтың мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта орташа есапта күнине 12-15 адам ажырасыў бойынша мүрәжат етпекте. Солай болса да, орай тәрепинен өткен бир жылдың ишинде усындай ажырасыў алдында турған 1300 шаңарақ өз-ара жарастырылды.
Халықаралық шаңарақ күнине арналған ушырасыў болып өтти
Соның менен бирге, жасларды шаңараққа таярлап барыў мақсетинде Жаслар орайы қасынан Жас келин-күйеўлер инновациялық мектеби өз жумысын баслады. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 40 тан аслам жас келин-күйеўлер ҳәм енди турмыс қурыў нийетинде болған жаслар шаңарақ экономикасы, психологиясы, диний саўатлылық ҳәм шаңарақтың ҳуқықый тийкарлары бағдарлары бойынша оқытылып, әмелий көнликпелерге ийе болмақта.
Ушырасыў шаңарақ қурыў, оның беккемлигин сақлаў, ата-ананы ҳүрметлеў темаларындағы сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында