Telegram karinform

Спорт

  • 15.05.2019 16:37
  • 1572

НМПИде миллий гүрес бойынша бириншилик болып өтти

НМПИде миллий гүрес бойынша бириншилик болып өтти
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде усы жылдың 23-апрель күни өткерилген мәжилис протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша усы жылдың май айы елимиз бойлап «Спорт айлығы» деп жәрияланған еди.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы айлық шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм өткерилетуғын спорт жарысларының жобасы ислеп шығылып, бул тийкарда әмелий жумыслар даўам етпекте.
НМПИде миллий гүрес бойынша бириншилик болып өтти
Оған факультетлердеги барлық тәлим бағдарлары студентлери белсене қатнаспақта.
Бүгин, 15-май күни институт спорт сарайында дене мәденияты факультети студент-жаслары арасында спорттың миллий гүрес түри бойынша бириншилик өткерилди.
НМПИде миллий гүрес бойынша бириншилик болып өтти
НМПИде миллий гүрес бойынша бириншилик болып өтти
Онда қатнасыўшы ер балалар 66, 73, 81 кг салмақ категориясы, ал қыз балалар болса 63 ҳәм 63+ кг салмақ категориясы бойынша өз-ара беллести.
Жарыс жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери сыйлықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы