
Бүгин, 16-май күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды додалаўға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.
Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызметиниң баслығы Ч.Елмуратов басқарып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги бөлим баслығы Б.Байманов, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары Б.Ильясов, Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығының орынбасары Қ.Әзербаевлар республикамызда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў жойбарларының орынланыўы, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, халықты исбилерменликке тартыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында баянатлар жасады.

Илаж ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен сораў-жуўаплар формасында даўам етти.

Конференциядан соң барлық ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында пайтахтымыздағы мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығаратуғын «Global Food Imex» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине медиа-тур шөлкемлестирилди.
Конференцияда тараў қәнигелери тәрепинен берилген мағлыўматлар бойынша сайтымыз арқалы материаллар жәриялаймыз. Сайтымызды бақлап барың.
Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


