Telegram karinform

Экономика

  • 16.05.2019 15:42
  • 1641

Нөкисте бир данасы 850 грамм келетуғын жоқары сападағы помидорлар өндирилип атырған ыссыханадан Karinform.uz сайтының арнаўлы репортажы

Нөкисте бир данасы 850 грамм келетуғын жоқары сападағы помидорлар өндирилип атырған ыссыханадан Karinform.uz сайтының арнаўлы репортажы
Бүгин, 16-май күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды додалаўға бағышланған баспасөз конференциясы шеңберинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында пайтахтымыздағы мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығаратуғын «Global Food Imex» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине медиа-тур шөлкемлестирилди.
Нөкисте бир данасы 850 грамм келетуғын жоқары сападағы помидорлар өндирилип атырған ыссыханадан Karinform.uz сайтының арнаўлы репортажы
Бул жерде Түркия Республикасынан алып келинген технологиялар тийкарында ыссыхана комплекси жаратылған болып, помидордың «Розовый» сортынан мол өним жетилистирилмекте. Ыссыхана комплексине улыўма 38,1 миллиард сум қаржы сарпланған болып, ол ыссыхана ҳәм өнимлер сақланатуғын музлатқыштан ибарат.
Жәмийет баслығының орынбасары Әзиз Бәўеновтың атап өтиўинше, ыссыханада өсирилип атырған помидорлардың ҳәр бир данасының аўырлығы 850 граммға шекем жетеди, сапасы болса халықаралық стандартларға толық жуўап береди. Помидор жыл даўамында бир тегис өним берип, бул базарларымызды жыл он еки ай усы өним менен тәмийинлеў ушын хызмет етпекте. Ыссыхана өз жумысын өткен жылдың декабрь айында баслаған болса да, усы күнге шекем жетистирилген өнимлер жергиликли базарларымызды тәмийинлеп ғана қоймастан, Россия Федерациясы, сондай-ақ, Өзбекстандағы көпшилик ўәлаятларға экспорт етилмекте.
Нөкисте бир данасы 850 грамм келетуғын жоқары сападағы помидорлар өндирилип атырған ыссыханадан Karinform.uz сайтының арнаўлы репортажы
Помидордың бул сортының узынлығы 6,5 метрге шекем жетип, бир түптиң өзи 14-16 данаға шекем өним береди. Тараўда өнимдарлықты арттырыў мақсетинде Түркия Республикасынан тәжирийбели агроном Энес Топач усы жерде өз тәжирийбелери менен бөлисип, жоқары сападағы мол өним алыў ушын хызмет етпекте.
Нөкисте бир данасы 850 грамм келетуғын жоқары сападағы помидорлар өндирилип атырған ыссыханадан Karinform.uz сайтының арнаўлы репортажы
- Бул помидордың топырағы пальма торфы болып, ол тийкарынан Ҳиндстанда өсетуғын пальма мийўесиниң сыртқы қабығынан таярланады. Бул әпиўайы топыраққа қарағанда 2 жылға шекем жоқары өним береди, - дейди түркиялы агроном Энес Топач биз бенен сәўбетте.
Нөкисте бир данасы 850 грамм келетуғын жоқары сападағы помидорлар өндирилип атырған ыссыханадан Karinform.uz сайтының арнаўлы репортажы
Бул жерде 22 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген.
Нөкисте бир данасы 850 грамм келетуғын жоқары сападағы помидорлар өндирилип атырған ыссыханадан Karinform.uz сайтының арнаўлы репортажы
Жәмийет ағзалары өз жумысларын кеңейтиўди ҳәм экспорт муғдарын арттырыўды өз алдына мақсет етип қоймақта.

Ислам Матеков.

Автордың түсирген фотолары.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.