Социаллық тармақларда Наўайы қаласында «Форд» автомобилинде өрт келип шыққаны сәўлеленген видео тарқалды. Додалаўларда буның себеби автомобиль шырақларының бәрқулла қосылып турған жағдайда ҳәрекетленгени айтылмақта.
Kun.uz хабаршысы усы жағдайға анықлық киргизиў мақсетинде Наўайы ўәлаяты Айырықша жағдайлар басқармасы Өрт қәўипсизлиги басқармасының жуўапкер хызметкерлери менен
байланысты.
Наўайы ўәлаяты АЖБ ӨҚБ мағлыўматларына қарағанда, 2019-жылдың 17-май күни Наўайы қаласы, Маҳмуд Тарабий көшесинде ҳәрекетленип баратырған қызыл реңли «Форд» маркалы фургонның мотор бөлиминде өрт келип шыққан. Өрт автомобильдиң электр сым-кабельлеринде қысқа тутасыў ақыбетинде келип шыққан. Буның ақыбетинде автомобильдиң мотор ҳәм салон бөлегине зыян жеткен.
Наўайы ўәлаят АЖБ ӨҚБ жуўапкер хызметкериниң мәлим етиўинше, «автомобиль шырақларын қосып ҳәрекетлениўи» себепли деп болжанып атырған усы сыяқлы жағдай ўәлаятта биринши мәрте бақланбақта. Автомобильлерде жүзеге келген басқа өрт жағдайлары автомобиль шырақлары менен байланыслы болмаған себеплер ақыбетинде жүз берген.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz