Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.05.2019 15:58
  • 1094

БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш өзиниң Инстаграмдағы бетинде Арал машқаласы ҳаққында нелерди жазды?


БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш өзиниң Инстаграмдағы бетинде Арал машқаласы ҳаққында пост жазды, деп хабар берди Хушнудбек Худайбердиев.
Ол 2017-жылдағы Өзбекстанға сапары даўамында Арал теңизинде түскен фотосүўретин тармаққа жүклеген.
«Еки жыл алдын мен Арал теңизине бардым, ол жерде дәўиримиздиң ең үлкен экологиялық апатшылықларының бириниң гүўасы болдым. Арал теңизи бир ўақытлары дүньядағы төртинши ең үлкен көл еди, бир неше онлаған жыллар даўамында оның әсте-ақырын қурыўы аймақтағы ҳүкиметлер ҳәм кең жәмийетшилик ушын бир неше машқалаларды жүзеге келтирди. Мениң сапарым планетамызға бийпәрўа түрде қараўдың аянышлы ақыбетлерин еслетип турар еди, бирақ жәмийетшиликтиң дурыс бағдарланған қоллап-қуўатлаўы менен жағдайды қалай өзгертиў мүмкин екенлигиниң гүўасы болдым», - деп жазған Антониу Гутерриш.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған