Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.05.2019 16:48
  • 913

Жайлаўлардан пайдаланғаны ушын ҳақы өндириледи


«Жайлаўлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы Президент тәрепинен тастыйықланды, деп жазады ӨзА.
Нызамға муўапық, жайлаўлар шарўа маллары ушын азықлық есапланған өсимликлердиң тәбийғый қатламына ийе болған жерлер болып табылады.
Таўдағы жайлаўлар мәўсимлик есапланып, олардан жылдың тек ғана белгили бир ўақтында пайдаланылады.
Жайлаўлардан пайдаланыўшылар жайлаўлардан биргеликте пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў ушын жайлаўлардан пайдаланыўшылар бирлеспелерин шөлкемлестириў ҳуқықына ийе.
Жайлаўлар турақлы ийелик етиўге, ижараға ҳәм ўақытша пайдаланыўға ҳәкимлердиң қарары тийкарында берилиўи мүмкин.
Тоғай қоры жерлеринде жайлаўлардан мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымларының рухсатнамасы бойынша пайдаланылады.
Жайлаўлардан пайдаланғаны ушын ҳақы жер салығы ямаса ижара ҳақы тәризинде өндириледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған