Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.05.2019 12:20
  • 1760

Мийнет ҳақының ең кем муғдары орнына жаңа муғдарлар белгиленди. Енди контракт баҳасы көтериле ме?


Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналында хабар берилиўинше, 2019-жыл 1-сентябрьден баслап мийнет ҳақының ең кем муғдары орнына төмендеги муғдарлар белгиленди:
Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – 577 170 сум;
Базалық есаплаў – 202 730 сум;
Пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 202 730 сум.

Бул хабардан соң көпшиликте, әсиресе, студентлер арасында төлемли контракт муғдарының көбейгени бойынша көплеген түсинбеўшиликлер пайда болмақта. Хош, усы өзгерис себепли контракт суммасы муғдары да көбейе ме?
Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиевтиң мәлим етиўинше, бул пәрманның контракт баҳасының көтерилиўине байланысы жоқ.
Оның түсиндириўинше, тилимизде қолланылып жүрген «ең кем мийнет ҳақы» түсинигиниң орнына «мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары» деген атама пайда болды ҳәм оның муғдары 577 170 сумды қурайды. Бул көрсеткиш бурын да усындай муғдарда еди.
Демек, 1-сентябрьден баслап мийнет ҳақы, үстеме ҳақы, қосымша ҳақы, гонорарлар ҳәм т.б. «мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары» менен есапланады.
«Базалық есаплаў» атамасы да пайда болып, бул усы күнге шекемги «ең кем мийнет ҳақы» муғдары менен бирдей – 202 730 сум етип белгиленди. Бул салықлар, жыйымлар, жәриймалар, мәмлекетлик бажылар ҳәм т.б. қолланылады.
«Пенсияны есаплаўдың базалық муғдары» деген атама да пайда болып, оның муғдары да 202 730 сум етип белгиленди. Бул атама пенсиялар, үстеме ҳакылары, қосымша ҳақылар ҳәм компенсациялық төлемлер, сондай-ақ, хызметкерлердиң денсаўлығына жеткерилген зыянды қаплаўда қолланылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған