Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.05.2019 15:52
  • 1356

70-80-жыллары Үстиртте 1 миллионнан аслам сайғақлар болған. Ҳәзир олардың саны қанша?


Халықаралық пресс клубтың 22-май – Халықаралық биологиялық көп түрлилик күни мүнәсибети менен гезектеги сессиясы болып өтти.
ӨзАның хабар бериўинше, сессияда Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети қорғалатуғын тәбийғый аймақлар бөлим баслығы Ҳалилулла Шеримбетов биологиялық ресурсларды экономикалық баҳалаў бойынша тоқталып өтип, жоқ болып кеткен ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи болған өсимлик және ҳайўанлар бойынша өз анализлерин усынды.
Өткен әсирдиң 70-80-жылларында Үстиртте сайғақлардың саны бир миллионнан аслам болған. Ҳәзир олардың саны үш мыңнан көп емес, Өзбекстандағыларының саны 100-200 бас әтирапында. Сайғақлар шақы ушын аўланады. Шақының баҳасы мың АҚШ долларына шекем баҳаланады.
Өткен әсирдиң 60-жылларына шекем Өзбекстанда Туран жолбарысы болған, усы түр жоқ болып кеткен. Буған тоғайлықлардың кескин кемейип кеткенлиги, усы ҳайўан түриниң жасаў орталығының жоқ болып кеткенлиги баслы себепши есапланады. Дүньялық шөлкемлердиң мағлыўматларына қарағанда, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы менен нызамсыз саўда етиў дәраматы наркотиклерден кейинги орында турады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған