Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.05.2019 11:32
  • 1559

Президент мектебине кириў ушын оқыўшыларға қандай талаплар қойылады?

Президент мектебине кириў ушын оқыўшыларға қандай талаплар қойылады?
Президент мектеплерине талабанлар арасынан ең мақулын сайлап алыў ҳәм талабанлардың санын оптималластырыў мақсетинде ҳүжжет тапсырыў ушын STEM бағдары бойынша пәнлерден айырықша баҳа алыў талабы енгизиледи. Яғный, 4-класс питкериўшилери математика ҳәм тәбияттаныў сыяқлы пәнлерден баҳалары «5» - айырықша болыўы керек. Сондай-ақ, 5-класс питкериўшилери математика пәнине қосымша тәризде биология, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары, соның менен бирге, 6-класс питкериўшилери де математика пәнине қосымша биология, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары, физика пәнлеринен баҳалары айырықша болыўы талап етиледи.
7-9-классты питкерген оқыўшылар алгебра, геометрия, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша баҳалары «5» - айырықша болғанда ғана ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.
Ҳүжжетлерди тапсырыў тек ғана арза бериўшиниң оқып атырған аймағы бойынша әмелге асырылады. Арза бериўшиниң оқып атырған мектебиниң жайласыўы Президент мектеби ашылып атырған аймаққа сәйкес келеиўи керек. Басқа ўәлаятлардың мектеплеринде оқып атырған оқыўшылар 2020-2021-жылларда республиканың басқа ўәлаятларында шөлкемлестирилетуғын Президент мектеплерине ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған