Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.05.2019 12:28
  • 1361

Жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлер Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы тапсырылмайтуғын болды (ма?)


Быйылғы жылы барлық жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлер мәмлекетлик хызметлер орайы және Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етилиўи, енди абитуриентлер жоқары оқыў орынларына барып жүриўи шәрт емес екенлиги, өзиниң жасап турған аймағында ҳүжжет тапсыра алыўы ҳаққында атап өтилген еди.
Ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиевтиң мәлим етиўинше, буны Мәмлекетлик тест орайы да, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги де, Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң жуўапкер тәреплери де атап өткен. Бирақ, мәлим болыўынша, бүгинги күнге келип жағдай өзгерген. Яғный, тестке байланыслы қарар соңғы жағдайда жойбардағыдан бираз парқлы тәризде қабыл етилген.
Қарарға муўапық, тек ғана Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен белгиленетуғын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына ғана ҳүжжетлер Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир портал арқалы қабыл етилиўи нәзерде тутылған.
Тастыйықланбаған мағлыўматларға қарағанда, Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы бармақ пенен санаўлы ғана жоқары оқыў орынларын дизимге киргизип атырған екен. Бул санаўлы жоқары оқыў орынларын есапқа алмағанда, барлық жерлерде және өткен жыллардағы сыяқлы ҳүжжетлер жоқары оқыў орынларының өзинде қабыл етиледи.
Мәмлекетлик хызметлер орайлары үлкен көлемди еплей алмайды, деген жуўмаққа келген сыяқлы.
Усы орында көплеген сораўлар пайда болады:
Егер абитуриент сайламақшы болған 3 жоқары оқыў орны арнаўлы дизимде болмаса, онда ол сол 3 жоқары оқыў орнына барып ҳүжжет тапсырыўы керек пе?
Жоқары оқыў орынларында ҳүжжет қабыл етилгенде сүўрет, конверт, скоросшиватель папка сорамай ма?
Ҳүжжетлерди алдынғы жыллардағы сыяқлы алып қала ма ямаса қайтарып бере ме?
Дизимге кирмеген жоқары оқыў орынлары ушын онлайн ҳүжжет тапсырыў мүмкин бола ма?
Қулласы, усындай сораўлар көп, бирақ ҳәзирше жуўап жоқ. Жуўапкер шөлкемлер тек ғана «күтип турың, тез арада ҳүжжет қабылланады, кейин белгили болады» деп айтыўдан арғы жағына өтпейди. Қабыллаўға шекем бары-жоғы ярым ай ўакыт қалды, бирақ дерлик ҳеш нәрсе анық емес, - деп жазады ҳуқықтаныўшы-блогер.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған