Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети Технология ҳәм сервис хызмети кафедрасының оқытыўшысы ҳәм 39-санлы мектеп муғаллими 7000 доллар пара алып атырғанда қолға алынды.
Бас прокуратура жанындағы департамент хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илажда, Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң Технология ҳәм сервис хызмети кафедрасы оқытыўшысы Р.А. ҳәм Зангиота районындағы 39-санлы мектеп муғаллими М.Р. пуқара А.У.дан жийени Ж.Т.ны усы университетке оқыўға киргизиў ушын 7000 АҚШ долларын талап етип, алып атырғанда айғақлы дәлиллер менен усланған. Бул ҳаққында Бас прокуратура хабарында жазылған.
Бул жағдай бойынша Р.А. ҳәм М.Р.ларға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz