Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.10.2017 12:27
  • 2338

Нобель сыйлығы бойынша қызықлы мағлыўматлар



Хабарыңыз бар, быйылғы жылдағы Нобель сыйлығының лауреатлары өткен ҳәптеде белгили болған еди. Мағлыўматларға қарағанда, сыйлықты салтанатлы тапсырыў илажы декабрь айының орталарында өткерилиўи режелестирилген. Биз төменде журналистика бағдарының 4-курс студенти Н.Арепбаеваның усы сыйлық пенен байланыслы болған қызықлы мағлыўматлар жазылған материалын жәрияламақтамыз.

9 миллион
Нобель сыйлығының лауреаты 9 миллион швед кроны ямаса 1,12 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сыйлыққа да ийе болады.

50 жыл
Нобель сыйлығына усынылғанлар ҳаққындағы мағлыўматлар ярым әсир сыр сақланады. 50 жыл ўақыт өткеннен кейин Швед академиясы талабанлардың ҳүжжетлерин жәриялайды. Мәселен, усы жылдың январь айында белгили шайыр Анна Ахматованың Нобель сыйлығына усынылған талабанлар арасында болғаны белгили болды. 1966-жылы әдебият бағдары бойынша ең абырайлы атаққа талабан болған шайырдың 5-март күни қайтыс болыўына байланыслы оның аты талабанлар дизиминен алып тасланған.

72 жас
Нобель сыйлығына усынылған талабанлардың орташа жасы усы жасты қурайды. Қызықлы тәрепи, өткен әсирдиң басында бул көрсеткиш 56 жасқа тең болған.

17 жас
Сыйлықтың ең жас лауреаты – 17 жаслы Малала Юсуфзай атлы қыз болып, ол жас болыўына қарамастан Пакистанда ҳаял-қызларға билим алыў ҳуқықының берилиўи ушын гүрескен. Ол сыйлыққа 2014-жылы тыныш ҳәм парахат турмыс жолында алып барған ҳәрекетлери ушын ылайық деп табылған. Ол 11 жасынан баслап ВВС каналында блог алып барып, абырайға ерискен.

5 ерли-зайыплы
Нобель сыйлығының лауреатлары арасында 5 ерли-зайыплы да бар. Олардан ең дәслеп 1903-жылы Мария ҳәм Пьер Кюри сыйлықтың лауреаты болған.

5 лауреат
Нобель сыйлығы өз тарийхы даўамында жәми 5 адамға сыртлай берилген. Яғный, бул адамлар сыйлық тапсырылған ўақытта қамақта болған ямаса еркинлиги шекленген дәрежеде болған. Олардың көпшилиги тыныш ҳәм парахат турмыс жолындағы гүреси ушын сыйлықланған: немис пацифиси ҳәм журналист Карл фон Осецкий, бурынғы Аўқамда физик ҳәм инсан ҳуқықлары қорғаўшысы сыпатында белгили болған Андрей Сахаров, польшалы Лех Валенса, бирмалы сиясатшы Аун Сан Су Чжи ҳәм қытайлы инсан ҳуқықлары қорғаўшысы Лю Сяобао.

4,8 миллион доллар
2014-жылы болып өткен аукционда Нобель медалы 4,8 миллион долларға сатылған. Ол ДНК молекуласының дүзилисин анықлаған Джеймс Уотсонға берилген медаль еди. Оны сатып алған россиялы миллиардер Алишер Усманов медальды нызамлы ийесине қайтарып берген.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети