Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятының ҳәкимлигинде болып өткен ўәлаят белсендилериниң жыйналысында Сириядан қайтарылған 156 өзбекстанлы ҳаққында тоқталып өтти.
«Кеше Сириядан келген 15 жаслы қыз ана болған. Оны әкеси қайда? Қыздың ата-анасы қай жерде?.. Оларды ўатанға алып келиў аңсат болғаны жоқ…
Уят болса да айтыў керек, Сирияға 156 адам не ушын кеткен? Кимди излеп кеткен? Тән алыўымыз керек, биз оларға шараят жаратып бермегенимиз ушын кеткен!..
Мен негизинде Конституция бойынша шара көриўим керек. Бирақ, мен олай ислемеймен. Себеби, олар өзбек, бизиң ўатанласларымыз!..
Оларды ўатанға алып келиў азап болды. Оғада аўыр болды. Биз ҳәммемиз бул жағдайды терең ойлаўымыз керек…», - деп айтқан Президент.
Еслетип өтемиз, 30-май күни 156 өзбекстанлы ҳаяллар ҳәм балалар Сирия пайтахты Дамасктен Өзбекстанға арнаўлы рейс пенен алып келинген еди. Ҳәзирги ўақытта олардың реабилитация ҳәм жәмийетке қайта ийкемлесиўи ушын жәрдем көрсетиў жумыслары алып барылмақта.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz