Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.06.2019 18:24
  • 1249

Рамазан ҳайты мүнәсибети менен 575 пуқараға кеширим берилди


Президент Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайтын белгилеў қарсаңында мәмлекетимиздиң гуманистлик сиясатының және халқымызға тән болған жақсылық ҳәм мийрим-шәпәәт, кеширимли болыў сыяқлы ең уллы пазыйлетлериниң әмелий көриниси сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды.
Пәрманға муўапық, әмелге асырған жынаяты ушын еркинен айырыў орынларында жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен 575 пуқара әпиў етилди.
Олардың 361 и жазадан толық азат етилип, ата-анасы, перзентлери ҳәм жақынларының қушағына қайтарылады, сондай-ақ, 214 шахстың еркинен айырыў жазасы қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 7 еўин 60 жастан өткен шахслар, 6 аўын ҳаяллар, 1 еўин сырт ел пуқарасы қурайды.
Пәрманда атап өтилгениндей, жынаятқа қол урған шахсларды тек ғана жазалаў емес, ал «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» идеясы тийкарында қайта тәрбиялаў, олардың өз ҳадал мийнети менен жәмийетте мүнәсип орын ийелеўи ушын бәршемиз бирдей жуўапкермиз.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған