Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.06.2019 10:54
  • 1338

Автомобиль «фара»ларын күндизги ўақытлары қосып жүриў кимлер ушын мәжбүрий, кимлер ушын бийкар етилди?


Алдын хабар бергенимиздей, автомототранспорт қуралларының күндизги ўақытлары шырақларын қосып ҳәрекетлениў мәселеси қайта көрип шығылып атырған еди.
Ҳәммениң хабары бар, ҳүкиметтиң 9-апрельдеги қарары тийкарында барлық транспорт қуралларына күндизги ўақытлары шырақларын қосып жүриў бойынша талап қойылған еди.
Тәртип енгизилгеннен соң өткен ўақыт ишинде Ишки ислер министрлиги тәрепинен Әдиллик министрлиги менен биргеликте усы тәртип анализленди ҳәм тийисли жойбар май айының басында ҳүкиметке киргизилди.
Қабыл етилген ҳүкиметлик қарарға муўапық «фаралар» бойынша қатаң талап транспорт басқарыўшыларына емес, ислеп шығарыўшыларға қойылады.
Яғный қарарға муўапық:
2021-жылдың 1-январына шекем күндизги шырақларды қосып ҳәрекетлениў шәрт екенлиги бойынша талап тек ғана автоматикалық түрде қосылып туратуғын күндизги шырақлары болған машиналарға қолланылады.

Сондай-ақ, автомобильлер төмендеги жағдайларда да шырақларын қосып жүриўге мәжбүр:
- транспорт қураллары шөлкемлестириўши колонна қатарында ҳәрекетленип баратырғанда;
- жолаўшыларды тасып баратырған автобус ҳәм жөнелисли транспорт қуралларында;
- балалар топарын шөлкемлестириўшилик тасыўда;
- қәўипли, үлкен көлемдеги ҳәм аўыр салмақтағы жүклерди тасыўда;
- механикалық транспорт қуралларын тиркеўге алғанда (тиркеўге алып баратырған транспорт қуралында);
- мотоцикл ҳәм мопедлерде.


2020-жыл 1-январьдан баслап ишки базар ушын ислеп шығарылып атырған автомобильлерге сутканың жақты ўақытларында автоматикалық түрде қосылатуғын шырақлар орнатыў мәжбүрий етип белгиленеди. Импорт автомобильлердиң де усындай автоматикалық түрде қосылатуғын шырақлары болмаса, мәмлекетке алып кириўге рухсат етилмейди.

Ҳүкиметлик тапсырма тийкарында Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске де сыртқы жақтыландырыў әсбапларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузғаны ушын жәрийма муғдарын кемейтиўге байланыслы Нызам жойбары ислеп шығылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған