Telegram karinform

Мәденият

  • 06.06.2019 16:58
  • 1643

«Жалғызсаң сен, муқаддес Ўатан!» республикалық таңлаўының Қарақалпақстан басқышы болып өтти. Онда НМПИ студентлери жеңимпаз деп табылды


Бүгин, 6-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында жоқары оқыў орынларының қәбилетли студент-жаслары арасында ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған «Жалғызсаң сен, муқаддес Ўатан!» республикалық таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Оған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Ташкент аграр университети Нөкис филиалы, Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалынан улыўма 17 студент қатнасты.
Жоқары оқыў орынларындағы ҳәўескерлик көркем өнер жәмәәтлери, ансамбльлер ҳәм жеке атқарыўшылар арасында өткерилген таңлаўда студентлердиң ҳәр бир шығыўларын Қарақалпақстан Республикасы Композиторлар аўқамы, Жазыўшылар аўқамы, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинен қәнигелер әдил түрде баҳалап барды.

Таңлаў жуўмағында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлери М.Төребеков, Д.Ендирбаев, Б.Қуўатбаев ҳәм Д.Нуратдиновалардың атқарыўындағы «Өзбекстан, Ўатаным!» (сөзи: М.Нағметуллаев, музыкасы: Б.Алланиязов) қосығы (ойынында «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли) 1-орынды ийеледи ҳәм таңлаўдың Ташкент қаласында өткерилетуғын жуўмақлаўшы басқышына жоллама алды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал