Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.06.2019 16:11
  • 1302

Сыртқы билимлендириўдиң контракт суммасын азайтыў бойынша жәрияланған петиция жетерли даўыс топлады. Енди контракт суммасы азайтыла ма?


14-июнь күни «Mening fikrim» веб-порталында пуқара А.Қудратов тәрепинен жиберилген «Сыртқы билимлендириў формасында оқып атырған студентлердиң төлемли контракт суммаларын азайтыў ҳаққында»ғы электрон ғалабалық мүрәжат жетерли даўыс (10 000) топлады.
Енди бул мүрәжат портал модераторы – Нызамшылық машқалалары институты тәрепинен кейинги жумыс күни (17.06.2019)нен кешиктирместен ўәкилликли мәмлекетлик органы – Министрлер Кабинетине жибериледи.
Мүрәжатты көрип шығыў ҳәм усы бойынша қарар қабыл етиў мүддети мүрәжат ўәкилликли мәмлекетлик органына келип түскен ўақыттан баслап 60 күннен өтип кетпеўи керек.
Ўәкилликли мәмлекетлик орган тәрепинен мүрәжатты көрип шығыў нәтийжелери бойынша қабыл етилген қарар модератор тәрепинен «Mening fikrim» порталында жәрияланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған