
2018-2019-оқыў жылында тест процеси 15 күн даўамында өткизиледи ҳәм оның нәтийжелери тест болып өткен күнниң ертесине жәрияланады.
Бул ҳаққында Uz24 басылымы Мәмлекетлик тест орайы директоры Мажид Каримовтың пикирлерине сүйенип хабарлады.
«Тест сынақларының ҳақыйқый өтиўин тәмийнлеў ушын усы системаны беккемлеў ҳәм абитуриентлер, ата-аналарға жеңилликлер жаратыў мақсетинде әмелге асырылады. Бул бойынша ҳәзирде үлкен ислер әмелге асырылмақта. Яғный 2018-2019-оқыў жылында тест процеси 15 күн даўамында өткериледи, тест материалларын абитуриентлердиң өзлерине бериў, нәтийжесин болса имтиханның ертесине жәриялаў мәселеси көрип шығылмақта. Сондай-ақ, тест процеси әдил өтиўи ушын үлкен павильон, спорт орайлары таңланады», деп хабар берди Мәмлекетлик тест орайы директоры.
Сахибжамал Есемуратова