Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.06.2019 17:49
  • 1121

«Өзгидромет»: Шаңлы боранлар Қарақалпақстан ушын тән қубылыс

«Өзгидромет»: Шаңлы боранлар Қарақалпақстан ушын тән қубылыс
Шаң ҳәм дуздың қурғақ бөлекшелери көп муғдарда ушыраўы себепли, шаңлы боранға айланып кететуғын самаллар Өзбекстанның арқа-батысы ушын әдеттеги жағдай болып есапланады. Бул ҳаққында «Өзгидромет»ке тийкарланып Газета.uz хабар берди.
«Өзгидромет» ўәкиллериниң атап өтиўинше, 14-июнь күни жүз берген жағдай – аномал процесс емес.
«Бул аномал процесс емес. Шаңлы боранлар, регионда жүзеге келген жағдай ҳәм климаттан келип шығып жуўмаққа келетуғын болсақ, Қарақалпақстан ушын тән. Самалдың тезлиги секундына 20 метрге шекем күшейиўи прогноз етилген еди. Әдетте бундай самал шаң ҳәм дуз бөлекшелерин ҳаўаға көтереди», - деп мағлыўмат берди «Өзгидромет» ўәкиллери.
Еслетип өтемиз, 14-июнь күни саат 20:32 – 20:38 аралығында бақланған шаң-дуз аралас күшли самал ақыбетинде Нөкис қаласында жайлардың төбелери ушып кетиўи, терек ҳәм столбалардың қулаў жағдайлары бақланған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған