Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.10.2017 13:26
  • 2298

Энергетикалық ишимликлер зыянлы ма ямаса пайдалы?



Ҳәзирги ўақытта жаслар арасында энергетикалық ишимлерге деген талап күн сайын артып баратырғанлығының гүўасы болып атырмыз. Хош, бул қандай ишимлик? Оның артықмаш тәреплери қандай?
Энергетикалық ишимликлер – организмди қосымша мийнет етиўге инталандырыў мақсетинде зәрүрли элементлер менен байытылған ишимлик болып есапланады. Бундай ишимликлер имтиханларға таярланып атырған студентлерге, белгиленген ўазыйпаны өз ўақтында атқара алмай жүрген хызметкерлерге, рекорд орнатыўға ҳәрекет ететуғын спортшыларға, шаршаған автокөлик басқарыўшылары ушын қутқарыўшы сыпатында бизиң жәмийетимизге де кирип келе баслады.
Ишимликтиң бир қутысын ишсеңиз, барлық шаршағаныңыз жойылып, уйқы қысыўы тоқтап, жаңа ҳәрекетлерге тайын боласыз.
Энергетикалық ишимликлердиң зыяны ҳаққында еситсек те, олардың анық қандай зыяны бар екенлигин биле бермеймиз. Ал дүканларда бундай ишимликлердиң сатылып атырғанын көрип, денсаўлығымызға зыянлы емес деген пикирге де келиўимиз анық. Келиң, дәслеп бундай ишимликлердиң пайдалы тәреплери ҳаққында пикир жүргизейик.

Пайдалы тәреплери
Энергетикалық ишимликлер кейпиятты көтерип, ойдың раўажланыўын жақсылайды. Бул түрдеги ишимликлердиң айрымлары кофеин қосып исленсе, басқалары витаминлер менен углеводлардан қуралады. Кофеин қосылған ишимликлер түнде жумыс ислеп, сабақ оқыйтуғын студентлер ҳәм хызметкерлерге арналған. Ал витаминли-углеводлы ишимликлерди бос ўақтын спортзалда өткеретуғын ҳәрекетшең адамлар пайдаланыўы мүмкин.
Энергетикалық ишимликлер витаминлер ҳәм глюкозадан ибарат болады. Витаминлердиң пайдалы тәреплери көпшилигимизге белгили. Глюкоза болса қанға тез сиңип, булшық ет, бас мий ҳәм басқа да органларды энергия менен тәмийинлейди.
Бир стакан кофеинниң тәсири 1-2 саат сақланады, ал энергетикалық ишимликтиң тәсири 3-4 саат турады. Сондай-ақ, көпшилик энергетикалық ишимликлер газленген формада болады. Бул олардың тәсирин кофеге салыстырғанда арттырады. Және бундай ишимликлердиң ыдысы оны қәлеген орында алып жүриў ҳәм пайдаланыў ушын қолайлы.

Зыянлы тәреплери
Энергетикалық ишимликлерди белгили бир қағыйда тийкарында тутыныў талап етиледи. Максимал муғдары – бир күнге 2 қуты. Нормадан артық тутыныў қан басымы ямаса қан қурамындағы қант муғдарының артып кетиўине себепши болады.
Энергетикалық ишимликлер Франция, Дания ҳәм Норвегияда рәсмий түрде қадаған етилген ишимлик болып, оны тек дәри сыпатында дәриханаларда шекленген муғдарда сатады.
Жүрек аўрыўы бар, гипо ямаса гипертония менен аўырған адамларға энергетикалық ишимликлерди ишиў усыныс етилмейди.
Энергетикалық ишимликлер – организмди энергия менен тәмийинлейди, деген түсиник еле толық дәлилленбеген. Ишимликте ҳешқандай энергия жоқ, ол тек ғана энергияны қоздырыўшы есапланады. Яғный, биз өз энергия қорымыздан пайдаланамыз, еле де анық айтқанда, энергияны өзимизден қарызға аламыз. Ал бул қарызды ақырында шаршаў, уйқысызлық, ашыўшақлық түринде проценти менен қайтарыўымыз керек екенлигин умытпаўымыз керек.
Энергетикалық ишимликлердиң қурамындағы кофеин организмди әззилетеди. Сондай-ақ, адам организми кофеинге қумар болып қалыўы да мүмкин.
Қурамында глюкоза ҳәм кофеин болған бундай ишимликлер жас организм ушын оғада зыянлы есапланады.
Көплеген энергетикалық ишимликлердиң қурамында В витамини болады. Бул витаминниң артықша муғдары жүрек соғысын жеделлестирип, аяқ ҳәм қоллардың қалтыраўын келтирип шығарады.
Фитнес-клубқа қатнасып ҳәм усындай ишимликлерди пайдаланып жүргенлер болса усыны умытпаўы керек, шынығыўлардан кейин ҳешқашан энергетикалық ишимликлерди тутыныўға болмайды. Өйткени, шынығыў ўақтында организм көп суйықлық жоғалтады.
Энергетикалық ишимликлердиң қурамында таурин ҳәм глюкуронолактон көп муғдарда болады. Бирақ, олардың инсан организмине тийгизетуғын зыяны ямаса пайдалы тәрепи ҳаққында еле бир жуўмақ келип шықпады.
Жоқарыдағы биз ескертип өткен пайдалы ҳәм зыянлы тәреплерди ҳешқашан умытпаўыңызды мәсләҳәт етемиз. Өйткени, биринши байлық – денсаўлық! Ҳәр биримиз өз саламатлығымыздың қәдирине жетип жасайық!

Наргиза АРЕПБАЕВА,
Бердақ атындағы ҚМУдың журналистика бағдарының 4-курс студенти.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...