Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.06.2019 15:52
  • 1260

Аңсат жол менен автомобиль утып алыў, миллионерге айланыўға болатуғын телешоулардың шөлкемлестириўшилери жынайы жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин


Нызамшылық палатасында 20-июнь күни «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы орайлық кеңесиниң «Миллий мәлимлеме орталығында миллий мәплер: бүгинги жағдай ҳәм перспектива» атамасындағы дөгерек сәўбети өткерилди, деп жазады ӨзА.
Онда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес телеканаллар арқалы эфирге узатылып атырған сырт еллердиң сериаллары, тәўекелшиликке тийкарланған ҳәр қыйлы телешоулар үрдиске айланғаны, бул ержетпеген жаслардың санасы, ой-пикирине унамсыз тәсир көрсетип атырғаны атап өтилген.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта көп санлы тамашагөйлер, атап айтқанда, партия электораты болған зыялылардың қарсылықларына себепши болған медиа өнимлердиң мәлимлеме орталығынан орын алып атырғаны, бул болса мәмлекетимиздиң имиджине унамсыз тәсир етип атырғаны айтылған.
«Борига барака», «Омад шоу», «Миллионер шоу», «Олтин калит» сыяқлы көрсетиўлер тийкарында мийнет етпестен аңсат пул табыў, өзгелер есабынан бир айланып байып кетиў сыяқлы идеялар бар екенлиги тилге алынған.
Атап өтилиўинше, 2007-жыл 1-сентябрьден баслап Өзбекстанда қумар ойынларын ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынларды (соның ишинде, тотализаторлар) шөлкемлестириў ҳәм өткериў (тиражлы, бир мәртелик ҳәм санлы лотореялардан тысқары) қадаған етилген. Сондай-ақ, қумар ойынларын ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын телекоммуникациялық тармақларда, соның ишинде, интернет тармағы провайдерлери тәрепинен хызметлер көрсетиў, елимиз аймағына ақшалай сыйлыққа ийе болған ойын автоматларын алып кириў қадаған етилген.
Бул Министрлер Кабинетиниң 2007-жыл 16-августтағы «Қумар ойынларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўди буннан былай тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген.
«Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик телеканалларда эфирге берилип атырған ҳәр қыйлы капитал шоулар жоқарыдағы қарар талабына жуўап бере ме? Буны анықлаў ушын барлық капитал шоуларды экспертлер баҳалап бериўи керек. Егер де усы телешоулар тәўекелшиликке тийкарланғаны ҳәм қумар ойыны, деп табылса, шөлкемлестириўшилер жынайы жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин», - деп жазылған хабарда.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған