Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.06.2019 15:14
  • 1272

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң бас редакторы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң бас редакторы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң бас редакторы Есебаев Қуўатбай Матековичке «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен Ташкент қаласында болып өткен салтанатлы жыйналыста мәмлекетимиздиң «Меҳнат шуҳрати» ордени тапсырылды.
Қуўатбай Есебаев елимиз журналистика тараўында 40 жылдан аслам мийнет стажына ийе болып, өз мийнет жолын Нөкис районы газетасында баслап, республикалық жаслар газетасы – «Қарақалпақстан жаслары», балалар ҳәм жас өспиримлер газетасы – «Жеткиншек» редакцияларында хабаршы, бөлим баслығы, жуўаплы хаткер ўазыйпаларында, сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика бөлими оқытыўшысы ҳәм Ғалабалық коммуникациялар тараўындағы мониторинг орайы Қарақалпақстан Республикалық аймақлық бөлими баслығы болып ислеп, журналистиканың машақатлы ҳәм жуўапкершиликли жолын басып өтти. Республикалық баспасөз тараўында басламашылығы, мийнет сүйгишлиги, шөлкемлестириўшилик қәбилети менен белгили.
Қ.Есебаевтың пидәкерлик мийнетлери есапқа алынып, Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлиги ҳәм Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланған.
Қ.Есебаев өзиниң бүгинги жумыслары даўамында агентлик хабаршыларының хабар, мақала, репортаж ҳәм басқа жанрларда материаллар таярлаўы және Президент Пәрманлары, Қарарлары, Президентимиздиң сырт еллер ҳәм республика аймағына сапарлары ҳаққындағы оператив ҳәм рәсмий материалларды қарақалпақ тилине аўдарма ислеўши аўдармашылардың дөретиўшилик белсендилигин арттырып, Қарақалпақстан Республикасы халқын зәрүрли информациялар, жаңалықлар менен таныстырыўда өз үлесин қоспақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған