
«Усы топардан келген балаларды дурыс ҳәм толық сөйлеўге зорға үйретемиз-аў. Бақша апалары дурыслап сөйлемегеннен кейин…». Бул гәпти еситип ойланып қалдым. Бул гәп баламның бақша апасына тийисли еди. Расында да, оның тәрбияшысы ҳәм жәрдемшиси гәплерди, сөзлерди толық сөйлемейди. Буған дәслепки күннен итибар бергенмен. Бирақ, бул баламның сөйлеўине тәсир етеди деп ҳеш ойламаған екенмен. Балама сөзлерди айтып уйрендим-ғо, деген ой менен толық сөйлемейтуғын болған шығар, деп арасында дәкки берип қоятуғын едик. Бирақ, бақша апалары сөзлерди қәте ҳәм толық емес айтқаны, балалардың сөйлеўине тиккелей тәсир етипти. Себеби, бала сөзлерди, олардың мазмунын оншелли түсинбейди. Тек еситкен нәрсесин ғана айтады.
Балалардың кәмил инсан болып жетилисиўинде оның шаңарақ ағзалары менен биргеликте, жәмийеттеги пуқаралар да айрықша орынды ийелейди. Балалардың дәслепки орталыққа сиңисиў, адамлар менен карым-қатнаста болыўды үйрететуғын орталық балалар бақшасы, онда бақша апаларының орны әсиресе әҳмийетли. Сонлықтан, бақша апаларды ўақты-ўақты менен қайта таярлаў, жумысқа алатуғын ўақытта да ҳәр тәреплеме сынақтан өткерип алған мақул шығар. Себеби, бир топардың өзинде 20-30 лаған бала тәрбияланады. Олардың барлығы шала сөйлесе, жәмийетте қандай адамлар өсип жетилиседи?
Сахибжамал Есемуратова