Telegram karinform

Спорт

  • 27.06.2019 19:12
  • 1593

ТИТУ Нөкис филиалында спортшылар менен ушырасыў болып өтти



Жәҳән ҳәм Азия чемпионатлары ҳәм кубокларының жеңимпазлары, белгили спортшылар қатнасыўында жоқары оқыў орынларында студент жаслар менен ушырасыўлар, сәўбетлер, шеберлик сабақлары өткерилиўи режелестирилген. Усындай илажлардың бири усы жылдың 26-июнь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында өткерилди. Онда спорттың шахмат түри бойынша бир неше мәрте Азия ҳәм Өзбекстан чемпионы Махум Оразмухаммедова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги қәнигелериниң қатнасыўында болып өтти.





Соның менен бирге усындай илажлардың бири 26-июнь күни Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында аўыр атлетика ҳәм паўерлифтинг спорт түри бойынша бир неше мәрте Өзбекстан чемпионы Исламбек Розибаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги қәнигелериниң қатнасыўында өткерилди. Ушырасыўларда студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўапларын алды.



Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған