Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.06.2019 20:44
  • 1744

Хожелиде халыққа ишимлик суўы орнына каналдың кир суўы берилип атыр (ма?) ямаса «Озодлик» сайтындағы материал изинен…

Хожелиде халыққа ишимлик суўы орнына каналдың кир суўы берилип атыр (ма?) ямаса «Озодлик» сайтындағы материал изинен…
«Озодлик» радиосының рәсмий веб-сайтында Хожели районы турғынларының жоллаған видеомүрәжаты тийкарында «Ичимлик суви ўрнига халққа каналдан кир сув беришмоқдами?» атамасындағы материал жәрияланды.
Видеомүрәжатта водопровод тармағы арқалы үйге келип турған суўдың ылайлы екенин көриў мүмкин.
Биз буған анықлық киргизиў мақсетинде жағдайды үйрендик.
Мәлим болыўынша, Хожели районы «Жаңа Қоңырат» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 10 000 куб метр, 18 000 куб метр ҳәм және бир 18 000 куб метрлик сыйымлылыққа ийе 3 суў сақлағышта Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «2017-2021-жылларда ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм канализация системаларын комплексли раўажландырыў және модернизациялаў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық реконструкциялаў жумыслары алып барылыўы белгиленген еди. Бул жумыслар ушын 2 миллиард сум қаржы ажыратылған болып, ҳәзирги ўақытта реконструкция жумыслары қызғын пәтлерде алып барылмақта.
Сол себепли усы суў сақлағышлар арқалы тәмийинленетуғын аймақларға суў жеткерип бериўде бираз үзилислер болмақта. Соның менен бирге, ылайлы суўлар да реконструкция жумыслары толық жуўмақланбағанлықтан тутыныўшыларға кетип қалып атырған жағдайлар да ушыраспақта.
Қәнигелердиң мәлим етиўинше, бул жағдай реконструкция жумыслары толық жуўмақланбағанға шекем даўам етиўи мүмкин.
Усы орында соны айырықша атап өтиў керек, булардың барлығы халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў ушын алып барылып атырған жумыслар болып табылады. Және булардың барлығы ўақытша болып, реконструкция жумыслары толық жуўмақланғаннан соң кемшиликлер сапластырылады.
Бул жағдайда айырым Интернет сайтларында, әсиресе, «Озодлик» сыяқлы тек ғана негатив тәрептен материал жәриялайтуғын ресурслардың хабарларына исенип қалмаўға шақыра отырып, бундай жағдайларда жергиликли ғалаба хабар қураллары менен биргеликте ислесиўге шақырып каламыз.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Уқсас жаңалықлар

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир

Ишимлик суўына машина жуўғанлар жуўапкершиликке тартылады

Ишимлик суўына машина жуўғанлар жуўапкершиликке тартылады

Ишимлик суўынан басқа мақсетлерде (машина жуўыў, атыз суўғарыў, үй алдына суў себиў ҳәм т.б) пайдаланыў яки...