Қарақалпақ шаңарақларында базыда оны сөйлетиў, базыда кимди өзине жақынырақ көретуғынлығын билиў мақсетинде көбинесе кишкене балаларға «кимниң баласысаң?» деген сораў бериледи. Бала ҳәр сапары ҳәр кимди, көбинесе қасында отырған адамлардың кеўлин алыў ушын солардың атларын айтады. Айырым ўақытта ол атасын, базыда әжесин, олар қасында болмаса әкеси ямаса анасын айтады. Ҳәмме бирге дастурхан басында отырған ўақытлары ше? Бала кимди көрсетеди? Ол «пәленшениң» деп олардан бирин таңласа, басқалары қапаланғанлығын ашық-айдын билдиреди. Бул болса баланың минез-қулқына тәсир етеди. Бул әпиўайы сораў, әпиўайы жағдайдай түйилиўи мүмкин. Бул сораўды жасы үлкенирек адамға берип көриң. Өзиңиз бул сораўға қалай жуўап берген болар едиңиз? Жақынларыңыздың қайсы бирин екиншисинен үстин билип, оны басқаларынан ажыратып таңлай алған болар едиңиз?
Бул сораўлар менен баланы жалатайлыққа, жағымпазлыққа баслап атырған болмаймыз ба? Себеби, бала қасында отырған адамды көрсетип, «пәленшениң баласыман» деген жуўапты береди. Бул арқалы бала сол адамның кеўлин көтермекши болып, соған жағыныўды ойлайды. Бундай тәрбияланған балалар кейиринек жумыс орынларында баслықларына ямаса кәсиплеслерине жалатайлық мүнәсибетте болмайды деп ким айта алады? Себеби, «Уяда нени көрсе, ушқанда соны қылады», дейди дана халқымыз. Бул әдет бала өскен сайын жалатайлық, жағымпазлық характерине айланбаўына ким кепиллик береди?
Сахибжамал Есемуратова