
Соңғы ўақытлары Өзбекстан телеканалларында түрли еллердиң менталитетимизге сәйкес келмейтуғын телесериаллары жийи эфирге берилетуғын болды. Бул жағдай буннан онлаған жыл илгери де байқалған еди. Халықтың белсенди ағзалары телеканалларға билдирген унамсыз пикирлеринен, сондай-ақ, басқа да себеплерге байланыслы тоқтатылды. Бирақ, бул жағдай және тәкирарланбақта. «Бир исленген қәте – қәте, екинши исленгени – ақмақлық» дегенди оқып едим бир китапта. Алдынғы қәтелерден жуўмақ шығармаўдың нәтийжеси қандай болатуғынлығын тарийхта жазылып қалынған ўақыялардан оқып көрип жүрген шығарсыз.
Сериалларды көбинесе кимлер тамашалайды? Жумыссызлар, бала тәрбиясындағы ҳаяллар, жаслар ҳәм балалар. Жәмийеттиң бул қатламындағы адамлар әсиресе, жаслар ҳәм балалар ҳәр түрли гәплерге исениўшең, көзи менен көрген ўақыяларды тәкирарлаўға ҳәрекет етип көриўшилер болып табылады. Сонлықтан, эфирге берилип атырған сериаллардың мазмун-мәнисине, ондағы ўақыялардың барысына итибар қаратылса және де мақсетке муўапық болар еди. Бул қатарлар арқалы ҳешкимге ақыл үйретиў пикиринен жырақпан. Бир неше жыллар алдын қолыма түскен устазымыз Малика Жумамуратованың төмендеги қосық қатарларын сизлер менен бөлиским келди.
Сахибжамал Есемуратова
Бир «боевик» фильм қаҳарманлары
(Интервьюдан)
Қараң, бул фильмниң қаҳарманына:
Онда «жоқ» туўысқан, я ата-ана.
Ерли-зайыплыға усап, усамай,
Қолтығында жүрер бирер яр ғана.
Ол сәўгили яр да жақыннан журдай,
Көшип-қонар, ойын-заўық қурар,
Қай мәнзилге табан тийсе, әлҳазар!-
«Пат-саты» пүтин жай тап-таяр турар.
Бунда ийгиликти матар ҳәм тусар,
Жөнсизлик - жайдары жөн талап усар.
Жүрек жутқан нашар, ели жоқ еркек,
Ойқан тәғдирлерде ҳалласлап ушар.
Ғайратлы жигитлер, гүлпери қызлар...
Сыпайы сыпбийке, кеўлинде музлар!
Бир унамлы жери онша сөйлемес,
Көзинде «жылт» етер жағымсыз ызғар!..
Яр дегеннен, қол пышаққа жетеди,
Яки шолақ мылтық суўмаң етеди.
Бултларға таласқан бәлентте - пәслик,
Өбисип турғанын атып кетеди.
Оқ жыланға мегзер, нақ қайтпас қара,
Зая кеткен мәртлик, жәмийет дара.
Мускуллар Ўатанды қорғаўға емес,
Айдай арыўлардың қәлби мың пара.
Кийсе кийими көп, жесе, тамақ тоқ,
Бәри бар, тәрбия - үлги соқпақ жоқ.
Қоңсы-қобаға жут толайым мәкан,
Қызға қырықтан тыйыў, улға тоқпақ жоқ.
Дослық деген неўе?!..болмайды ол да,
Жеделли бизнесте оған сан қайда?!
Әжеби, жансебил, шаршамас, талмас,
Өмирин арнайды сынап қырманға.
Машиналар қыт емес бул шәҳәрде,
Әмирге мүнтазир, түн бе, сәҳәр ме?..
Өртеп те жиберер, адамын қосып,
Сораўы бар демес таңла мәҳшәрде.
Бийтақат аламан дүнья жолында,
Наятый садық қул нәпси қолында.
Еркин еркелерди шақына байлап,
Шайтан ғоддаслайды оңы-солында.
Қарасаң, жас сана озсын дегендей,
Серлесең, бузғынлық қозсын дегендей.
Зәҳәрди нәшелеп, уйытып, елитип,
Әжелди әдиўлер, достың, дегендей.
Қәде жоқ, қәўмет жоқ муҳаббатында,
Ийбе жоқ, ийман жоқ, бәри сатында.
Қуўырыла баслаған бул дүньяда-ақ,
О дүньяның нақ дозақый отында.
Оқ, қуралға талап артқаны - пайда,
Урыс оты жалын атқаны - пайда.
Әсирдиң обасы нәсилди бузып,
Әлем туңғыйыққа батқаны - пайда.
Қуўарманлары да, қашарманлары,
Жәбиркешлери де, атарманлары -
Болып қалғай олар, оңсыз бир кино,
Әйтеўир фильмниң қаҳарманлары!


