Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.06.2019 15:50
  • 1246

Ҳуқық қорғаў уйымлары Үстирт газ-химия комплекси қурылысындағы парахорлық мәселеси бойынша жумыс баслады


Ҳуқық қорғаў уйымлары Президент Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис Сенатының 20-мәжилисинде Үстирт газ-химия комплекси қурылысында 80 миллион доллар пара алғаны ҳаққындағы баянаты бойынша жумыс баслады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
«Ғәрезсиз болғанымыздан берли нефть-газ тараўындағы жойбарлардың 50 проценти пара тийкарында болып келген. Бир ғана Сүргил нефть-газ жойбары ушын бир лаўазымлы адам 80 миллион доллар алған!», - деп айтып өткен еди Президент.
«Өзбекнефтьгаз» басқарыў директоры Б.Сиддиқов бул фактти «тастыйықлаў ушын тийкары жоқ екенлигин» мәлим етти.
«Бул мәселеде мәмлекет басшысының баянаты болса, демек, онда жетерлише дәлиллер бар ҳәм бул бойынша тийисли шаралар көрилиўи тәбийғый. Мәлим болыўынша, ҳуқық қорғаў уйымлары бул мәселе менен шуғылланыўды баслаған», - деп айтып өткен Сиддиқов журналистлерге.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...