
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2019-жыл 17-майда 2282-6-сан менен дизимге алынған «Пенсия ислерин рәсмийлестириў ҳәм жүргизиў тәртиби ҳәм пенсия ҳүжжетлериниң формалары ҳәм оларды толтырыў қағыйдалары» ҳаққындағы инструкцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди, деп хабар бермекте Өзбекстан Финанс министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қоры.
Усы өзгерис ҳәм қосымшалар менен орынларда пуқараларға мәмлекет хызметлери көрсетилиўинде административлик тосықларды сапластырыў ҳәм оларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде пенсия ҳәм напақалар тайынлаўда тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди усыныў бойынша төмендеги тәртиплер бийкарланды:
• Пуқараның топланып барылатуғын пенсия китапшасының нусқасын тапсырыў;
• Пуқараның мийнет дәптершесиниң нусқасын тапсырыў;
• Пуқараның жасаў орны бойынша МПЖ, АПЖлардан мағлыўматларды тапсырыў;
• Дүньядан өткен пуқараның өлими ҳаққындағы гүўалықты тапсырыў.
Сахибжамал Есемуратова


