Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.06.2019 17:17
  • 947

Инглис тили бойынша америкалы қәниге Гена Беннетт НМПИде студентлерге семинар өтти

Инглис тили бойынша америкалы қәниге Гена Беннетт НМПИде студентлерге семинар өтти
АҚШ Мәмлекетлик департаменти менен бирге Өзбекстанда ҳәм Доминикан Республикасында инглис тили бойынша оқытыўшылардың қәнигелигин жетилистириў бағдарламасын бир неше жыллардан берли табыслы алып барып атырған қәниге Гена Беннетт Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.
Инглис тили бойынша америкалы қәниге Гена Беннетт НМПИде студентлерге семинар өтти
Дәслеп институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калхановтың қабыллаўында болған Беннетт ханым Қарақалпақстан ҳаққындағы тәсирлери менен бөлисти. Соңынан институт оқытыўшылары менен биргеликте илимий изертлеў жумысларын алып барыў бойынша өз-ара пикир алмасты.
Ҳәзирги ўақытта шет тиллерин үйрениўге болған талап артып баратырғаны сыр емес. Әсиресе, инглис тили пүткил дүнья жүзинде илим тили сыпатында тән алынған. Сол себепли, инглис тили бойынша институттың оқытыўшыларын илимий изертлеўге кеңнен тартыў, сырт елли қәнигелер басшылығында илимий жумысларын қорғаў мәселеси күнниң баслы ўазыйпаларының бирине айланбақта. Ушырасыўда усылар ҳаққында сөз болды.
Инглис тили бойынша америкалы қәниге Гена Беннетт НМПИде студентлерге семинар өтти
Соңынан Беннет ханым институттың барлық факультетлеринен жыйналған студентлер ушын инглис тилинде интерактив усылда семинар-тренинг өтти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет