
Пүткил Өзбекстан жаслары ушын куўанышлы күн. Себеби, буннан еки жыл алдын Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен 30-июнь – «Жаслар күни» деп белгиленди. Усы өткен еки жыл ишинде пүткил Қарақалпақ жасларының да жетискенликлери мол болды.

Бул сәне мүнәсибети менен Қанлыкөл районы «Бахытлы» дем алыў орайында байрам илажлары болып өтти. Илажды Қанлыкөл районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Абдикаримов ашып берди ҳәм пүткил Қанлыкөл жасларын байрам менен қутлықлады.
Соң түрли тараўларда пидайы хызмет етип киятырған ҳәм жетискенликлерге ерискен жаслар район ҳәкиминиң ҳүрмет жарлығы ҳәм байрам саўғалары менен сыйлықланды. Байрамға Нөкис қаласынан Қарақалпақстан эстрада қосықшылары қатнасты.



Сахибжамал Есемуратова


