
Көшелерде, кафе ҳәм ресторанларда көплеген реклама баннерлерине, қағазларға көзимиз туседи. Оларды көрип көпшилик дефис (-) ямаса сызықша ( ̶ ) белгилерин қайсы орынларда қолланыў кереклигин билмейтуғынлығын аңладым. Мәселен, 1 ханалы бөлме, деген сөзлерди, 1-ханалы бөлме (оқылыўы: биринши ханалы бөлме), 1 балық деўдиң орнына 1-балық (оқылыўы: биринши балық), 2-стол деўдиң орнына 2 стол (оқылыўы: еки стол) деп жазып қойғанлығын көремиз. Буннан басқа да, жөнелисли таксилерде жол ҳакы 800 сўм деўдиң орнына 800-сўм деп жазып қояды. Бул бир ғана дефистиң ямаса сызықшаның әҳмийети үлкен.

Дефис санлардан кейин қолланылып, -шы, -ши деген қосымтаны билдиреди. Ал, РИМ САНЛАРЫнан соң ҲЕШ ҚАШАН дефис ямаса сызықша қолланылмайды. Мәселен, айырым жағдайларда VI- деп жазып қойғанлығына көзимиз түседи. Ал, жөнелисли таксилерде жол ҳақы сегиз жүзинши сўм емес, ал, сегиз жүз сўм болады. Мектеплерде, қарақалпақ тили сабағынан пунктуациялық белгилер темасы жақсы өтилсе, оған ажыратылған саатлардың муғдары көбейтилип, балаларға жақсы түсиндирип берилсе, бундай қәте-кемшиликлер ушырамас еди.
Сахибжамал Есемуратова


