Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.07.2019 14:49
  • 1112

Күндизги ўақытлары автомобиль шырақларын қосып жүрмегени ушын белгиленетуғын жәрийма муғдары азайтылыўы мүмкин


Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары жәрияланды.
Оған муўапық, кодекске төмендеги қосымшалар киргизилиўи мүмкин.

«128-7-статья. Транспорт қураллары басқарыўшыларының күнниң жақты ўақтында жақынды жақтыландырыўшы ямаса күндизги сигнал шырақларын қосып ҳәрекетлениў қағыйдаларын бузыўы

Транспорт қураллары басқарыўшыларының күнниң жақты ўақтында жақынды жақтыландырыўшы ямаса күндизги сигнал шырақларын қосып ҳәрекетлениў қағыйдаларын бузыўы, -
ең кем мийнет ҳақының төрттен бир бөлими муғдарындағы жәрийма белгилеўге себеп болады».

Еслетип өтемиз, кодекске муўапық усындай типтеги қағыйда бузыўшылық биринши мәрте әмелге асырылса ең кем мийнет ҳақының 0,5 есеси муғдарында жәриймаға тартылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған