
Кеше, 3-июль күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ишки ислер уйымлары хызметкерлерин мобиль видеобақлаў қураллары менен тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарар талапларына муўапық, жол-патруль хызмети инспекторларын боди-камералар менен тәмийинлеў және оларды иске түсириў мүддети 2020-жылдың 1-январына шекем узайтылды.
Бул ҳаққында ӨзАға ӨзР Ишки ислер министрлиги жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы баспасөз хызмети хабар берди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


