Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 29-июнь күнги қарары тийкарында Өзбекстан Республикасы ҳәм «Газпром ЭП Интернэшнл Б.В.» (Нидерландия) арасында Үстирт аймағындағы Жел кәни бойынша қол қойылған өним бөлистирилиўине байланыслы Келисим ҳәм 1-санлы Қосымша келисим тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Келисимде нызамшылықта белгиленген нормалардан тысқары төмендеги шәртлер нәзерде тутылған:
- компенсация өниминиң шекленген дәрежеси 75%;
- пайда салығының ставкасы 12%;
- инвестордың қапланыўы шәрт болған қәрежетлериниң қапланбаған бөлеги ушын жыллық қаржыландырыў ставкасы 8%;
- инвестор тәрепинен өз ҳуқық ҳәм мәплерин оның «Газпром зарубежнефтгаз» АЖ сыңар компаниясына тапсырыў имканияты;
- Келисимди әмелге асырыў бойынша ўәкилликли уйым функциясын Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигине өткериў ҳәм т.б.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz