Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.07.2019 14:42
  • 1178

Қарақалпақстан ҳәм Хорезмди байланыстыратуғын жаңа темир жол линиясын қурыў усыныс етилди


Қарақалпақстан Республикасы менен Хорезм ўәлаятын байланыстырыўшы Гүрлан-Әмиўдәрья темир жол линиясын қурыў ҳаққындағы усыныс «Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында жәрияланды.
«Хорезм ўәлаятының Шовот районынан Гүрлан және Қарақалпақстанның Әмиўдәрья районлары арқалы жаңа темир жол қурып, Мискин-Нөкис темир жолы менен байланыстырыўды усыныс етемен», - деп жазылған мүрәжат басында.
Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта Саратов-Ташкент ҳәм Волгоград-Ташкент поездлары Үргенишке кириўи ушын Нөкис-Мискин-Үргениш маршруты бойлап 200 километрге шамалас артықша жол жүреди (Үргенишке жақын жерден өтип, Мискин станциясынан және артқа қайтады) ҳәм жолаўшылар 3 саатқа шамалас ўақыт жойтады. Усыныс етилип атырған жол қурылып, иске қосылса, жөнелис ўақты 2-3 саатқа қысқарады, бул болса үлкен экономикалық нәтийжелиликке ийе. Сондай-ақ, Гүрлан ҳәм Әмиўдәрья районларында жаңа жумыс орынлары жаратылады. Бул районларға жүклерди жеткерип бериў бир қанша арзанлайды.
«Жоқарыдағыларды есапқа ала отырып, Гүрлан-Әмиўдәрья темир жол линиясын қурыўды усыныс етемиз», - деп жуўмақлаған петиция авторы.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында