Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.07.2019 16:42
  • 1326

Самарқанд ветеринариялық медицина институты Нөкис филиалына қандай бағдарлар бойынша ҳүжжетлер қабылланбақта?


Самарқанд ветеринариялық медицина институты Нөкис филиалында 2019-2020-оқыў жылы ушын төмендеги бакалавр тәлим бағдарлары бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлер қабылланбақта.

1) 5410604 – Зооинженерия: жылқышылық ҳәм түйешилик – улыўма 25 орын, соннан 10 мәмлекетлик грант (4 өзбек, 6 қарақалпақ топары ушын), 15 төлемли контракт (7 өзбек, 8 қарақалпақ топарына) тийкарында;
2) 5410607 – Зооинженерия: балықшылық – улыўма 25 орын, соннан 10 мәмлекетлик грант (қарақалпақ топарына), 15 төлемли контракт (қарақалпақ топарына) тийкарында;
3) 5440101 – Ветеринариялық медицина: (қарамал кеселликлери) – улыўма 15 орын, соннан 7 төлемли контракт (өзбек топарына), 8 төлемли контракт (қарақалпақ топарына) тийкарында.

Сондай-ақ, филиалда 5440101 – Ветеринариялық медицина: (қарамал кеселликлери) тәлим бағдарына Хорезм ўәлаяты ушын өзбек топарына 3, қарақалпақ топары ушын 7 – жәми 10 мәмлекетлик грант тийкарында мақсетли қабыллаў болыўы жобаластырылған.

Филиал Нөкис қаласы, Қарақалпақстан көшеси 24-жайда (бурынғы Нөкис спорт колледжиниң 2-этажы) жайласқан. Ҳүжжетлер усы жердиң өзинде қабыл етилмекте.
Қосымша сораўлар менен филиалдың Call-орайына мүрәжат етсеңиз болады:
+998 61 224-10-96, +998 61 224-17-73, +998 90 576-05-31, +998 90 650-24-12.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...