Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.07.2019 13:23
  • 1399

Ғәрезсизлик байрамы илажлары қандай идея тийкарында өткерилетуғыны мәлим болды


Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Қарар тийкарында мәмлекетлик ғәрезсизликтиң 28 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссия тастыйықланды.
Комиссия «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» деген идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлар және үгит-нәсият жумысларының бағдарламасын ислеп шығады.
Ғәрезсизликти жырлайтуғын ең жақсы қосық ҳәм музыкалық дөретпелер ушын «Жалғызсаң сен, муқаддес Ўатан!» республикалық таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы өткериледи.
Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында жәрияланады ҳәм сыйлықланады.
Сондай-ақ, «Ең уллы, ең әзиз», «Реңлер жилўасында – ана ўатан», «Ўатан ушын жасайық!» сыяқлы дәстүрий таңлаўлар өткериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...