Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.07.2019 16:11
  • 1506

«Жаслық» қамақханасы ҳаққындағы гәп-сөзлер қаншелли ҳақыйқат? Қамақхана жабылыўы мүмкин бе? ӨзР ИИМ жуўап берди

«Жаслық» қамақханасы ҳаққындағы гәп-сөзлер қаншелли ҳақыйқат? Қамақхана жабылыўы мүмкин бе? ӨзР ИИМ жуўап берди
«Жаслық» қамақханасында тутқынларға басым өткериў ушын ҳәр қыйлы жертөлелер ямаса түрли қыйнаўлар қолланылатуғын айырықша бөлмелер жоқ. Бул ҳаққында 17-июль күни ӨзР ИИМ Жазаны атқарыў бас басқармасы басқарма баслығы Жамшид Султонов журналистлер менен өткерилген ашық сәўбетлесиўде атап өтти, деп хабар берди «Дарё».
Илажда ИИМ Жазаны атқарыў бас басқармасының Тәрбиялық ҳәм социаллық-психологиялық жумысларды шөлкемлестириў басқармасы баслығы Ж.Султонов Қарақалпақстанда жайласқан 19-санлы жазаны атқарыў колониясы («Жаслық» қамақханасы)ның жумыслары ҳаққында мағлыўмат берди.
«Қарақалпақстандағы 19-санлы жазаны атқарыў колониясы («Жаслық» қамақханасы) бойынша сырт ел ҒХҚ ямаса басқа халықаралық шөлкемлерден көплеген сораўлар келип түседи. Өкинишлиси, сырт еллердеги ҒХҚларда да, жергиликли халқымыз арасында да «Жаслық» қамақханасы тутқынларға басым өткерилетуғын ямаса тутқынлардың ҳуқықлары тәмийинленбейтуғын орын деген, көз-қараслар бар. БМШның дин ҳәм исеним еркинлиги бойынша арнаўлы лекторы Аҳмад Шаҳид 2017-жылы Өзбекстанға болған сапары даўамында «Жаслық» қамақханасына барған еди. Мырза Аҳмад Шаҳид «Жаслық»тағы барлық жерлерди көзден өткерип, тутқынлар ушын жетерли шараят жаратылғанының гүўасы болған. Сырт ел ҒХҚда «Жаслық»та тутқынларға басым өткериў ушын ҳәр қыйлы жертөлелер ямаса түрли қыйнаўлар қолланылатуғын айырықша бөлмелер бар екенлиги бойынша ҳәр қыйлы хабарлар тарқалған. Мырза Аҳмад Шаҳид жеке өзи ҳәр бир жерди бирме-бир үйренип, бундай орынлар жоқ екенлигине исеним пайда еткен еди», - деди Султонов.
Ж.Султонов «Жаслық» қамақханасының жабылыўы ямаса жабылмаўы бойынша түсиник берди.
«Жазаны атқарыў мәкемелери санының көбейиўи ямаса азайыўы, қайсыдур қамақхананың ашылыўы ямаса жабылыўы, ўақытша хызметиниң тоқтатып қойылыўы бойынша нызамшылықта қандай өзгерислер болса, бизлер атқарыўшы министрлик сыпатында тапсырылған ўазыйпаны атқарамыз. «Жаслық» қамақханасына келсек, ол салыстырмалы жаңа қамақхана, ғәрезсизлик жылларында ашылған. Тутқынлар ушын зәрүр болған барлық шараятларға ийе», - деди Султонов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған