Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.07.2019 21:29
  • 1062

Ерли-зайып ажырасып кетсе, перзентлердиң ким менен қалыўы қандай тәртипте белгиленеди?

Ерли-зайып ажырасып кетсе, перзентлердиң ким менен қалыўы қандай тәртипте белгиленеди?

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодекси нормалары ҳәм Жоқары суд Пленумының 1998-жыл 11-сентябрь күнги 23-санлы Қарарына муўапық, егер ата-ана ажырасып кеткен жағдайда, перзентлердиң ким менен жасаўын ата-аналар өз-ара келисип шешеди. Егер еки тәреп келисимге келе алмаса, бул мәселе пуқаралық суд арқалы шешиледи, деп хабар берди юридикалық мағлыўматлар telegram каналы.
Суд перзентти өз қарамағына алыў бойынша мәселени шешкенде ата-ананың тең ҳуқуқлы екенлигин, сондай-ақ, баланың мәплерин ҳәм оның қәлеўин есапқа алады. Баланың ким менен қалыўын белгилеўде суд төмендеги жағдайларды есапқа алады:
1. Баланың ата-анадан, аға-иниден, әжапа-сиңлилеринен қайсы бирине баўыр басып қалғанлығы;
2. Ата-анадан қайсы бири балаларына көбирек ғамхорлық етип атырғанлығы;
3. Балалардың жасын ҳәм ата-анадан қайсы бирин өзине жақынырақ көриўи;
4. Ата-ананың әдеп-икрамлылық ҳәм басқа жеке пазыйлетлери;
5. Ата-ананың ҳәр бири менен бала ортасындағы қатнасықлар;
6. Баланы тәрбиялаў ҳәм оның өнип-өсиўи ушын жағдайлардың жаратылғанлығы (ата-анасының жумыс тәртиби, материаллық ҳәмде шаңарақлық жағдайы).
Суд 10 жасқа толған баланың ата-анасының қайсы бири менен жасаўды қәлейтуғынлығын итибарға алыўы мүмкин. Ата-анадан бириниң материаллық жағдайының үстин болыўы оны өзи менен алып қалыў ушын тийкар болмайды. Сондай-ақ, баланың ким менен қалыўын анықлаўда тәреплерде бала тәрбиясына кери тәсир етиўши жағдайлар, яғный ишиўшилик, нәшебентлик пенен шуғылланыўы яки шуғылланбаўы, руўҳый яки басқа жуқпалы кеселликлер бар яки жоқлығы, биле тура жынаят ислеўи, балаға мийримсиз қатнаста болыўы, рууҳый басым өткергенлиги ҳәм усыған уқсас жағдайлар басшылыққа алынады.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған