
Өзбекстан Халық билимлендириў министрлиги Uztelecom компаниясы менен биргеликте 2019-жылдың 22-24-июль күнлери Президент мектеплерине болып өтетуғын тийкарғы қабыллаў имтиханларын реал ўақыт режиминде (онлайн) бақлап барыў ушын имканият жаратты.
Тийкарғы қабыллаў имтиханларының объективлигин тәмийинлей мақсетинде имтиханлардың видео-стриминги шөлкемлестирилмекте. Барлық қәлеўшилер кириў имтиханлары процеслерин https://test2019.uz/ силтемеси арқалы онлайн тәризде бақлап барыўы мүмкин.
Буның ушын имтихан өткерилетуғын барлық имаратларға веб-камералар орнатылған.
Жаратылған бет TAS-IX зонасында жайласқан болып, видеокөринислердиң жүклениўдеги тезлигин тәмийинлейди. Көплеген интернет-провайдерлер TAS-IXтеги трафиклер ушын ҳақы алмағаны ушын, пайдаланыўшылардың қаржылары үнемленеди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


