Telegram karinform

Экономика

  • 23.07.2019 16:07
  • 1603

«Өзбекэнерго» АЖ қайта шөлкемлестирилди. Қарақалпақстандағы электр тармақлары мәкемелеринде қандай өзгерислер болды?

«Өзбекэнерго» АЖ қайта шөлкемлестирилди. Қарақалпақстандағы электр тармақлары мәкемелеринде қандай өзгерислер болды?
Бүгин, 23-июль күни «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийетинде ғалаба хабар қураллары хызметкери, журналистлер ҳәм блогерлер ушын дөгерек стол илажы өткерилди.
«Өзбекэнерго» АЖ қайта шөлкемлестирилди. Қарақалпақстандағы электр тармақлары мәкемелеринде қандай өзгерислер болды?
Илажды «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийетиниң техникалық директоры Ш.Холимбетов басқарып барды.
Онда тийкарынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-марттағы «Өзбекстан Республикасында электр энергетикасы тармағын буннан былай да раўажландырыў ҳәм реформалаў стратегиясы ҳаққында»ғы қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети кеңнен түсиндирилди.
Қарарға муўапық, электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткерип бериў, бөлистириў ҳәм сатыўды шөлкемлестириўдиң заманагөй усыллары тийкарында «Өзбекэнерго» АЖ қайта шөлкемлестирилди.
Усы тийкарда:
- Ыссылық электр станциялары, электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығарыўшы орайларды басқарыўшы «Ыссылық электр станциялары» АЖ (буған Қарақалпақстан Республикасындағы Тақыятас ыссылық электр станциясы киреди);
- «Өзбекэнерго» АЖның сапластырылып атырған «Өзэлектртармақ» ҳәм «Энергосотиш» филиалы тийкарында «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ (буған Қарақалпақстандағы Беруний участкасы киреди);
- Электр энергиясын ақырғы тутыныўшыларға бөлистириўши ҳәм сатыўшы аймақлық электр тармақлары кәрханаларының басқарыўын әмелге асырыўшы «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети (буған Қарақалпақстандағы «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ киреди) шөлкемлестирилди.
«Өзбекэнерго» АЖ қайта шөлкемлестирилди. Қарақалпақстандағы электр тармақлары мәкемелеринде қандай өзгерислер болды?
Илажда қәнигелер тәрепинен атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта электр энергиясы менен байланыслы машқалаларда көпшилик бурынғыдай «Өзбекэнерго»ға мүрәжат етпекте. Бул болса көплеген түсинбеўшиликлерди, айырым орынларда наразылықларды пайда етпекте.
Демек, «Өзбекэнерго» қайта шөлкемлестирилгеннен соң оның орнында 3 акционерлик жәмийети жүзеге келди. Олардың ўазыйпалары да ҳәр қыйлы. Мәселен, «Ыссылық электр станциялары» АЖ электр энергиясын ислеп шығарса, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ энергияны аймақлық ҳәм сырт еллердеги орынларға жеткерип береди, ал «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети болса усы электр энергиясын ең ақырғы тутыныўшыларға жеткерип бериў хызметин атқарады.
Қәнигелердиң билдириўинше, халық усы ўазыйпалардан келип шығып атап өтилген жәмийетлерге мүрәжат еткени мақсетке муўапық болады.
Илажда жоқарыда атап өтилген қарардың мазмунын еле де толық түсиндириў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети