Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.11.2017 08:45
  • 2255

Бүгин ҚМУда илим докторы болыў ушын еки излениўши таңлаўдан өтпекте



Бүгин, яғный 3-ноябрь күни саат 10:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc27.06.2017.Fil.20.01 санлы Илимий кеңестиң 10.00.03 − Қарақалпақ тили. Қарақалпақ әдебияты (филология илимлери) қәнигелиги бойынша кеңес мәжилисинде қарақалпақ әдебияты кафедрасының өз бетинше излениўшиси Бекбергенова Зияда Утеповнаның «Қарақалпақ романларында көркем сөз поэтикасы (1980-2010-жыллар)» темасында филология илимлериниң докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясының қорғаўы болып өтти.
Сондай-ақ, саат 14:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ тил билими кафедрасы өз бетинше излениўшиси Қарлыбаева Гүлмира Ермекбаевнаның «Әжинияз шығармалары тилиниң семантика-стилистикалық өзгешеликлери» темасында филология илимлериниң докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясының қорғаўы болып өтеди.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған