Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.07.2019 12:13
  • 1119

Жер участкаларын алып қойғанда қандай түрдеги компенсациялар берилиўи керек?

Жер участкаларын алып қойғанда қандай түрдеги компенсациялар берилиўи керек?
Әдиллик министрлиги жер участкаларын алып қойыў компенсацияның қандай түрлери бойынша берилиў шәртлери ҳаққында мәлим етти.
Жер участкаларын алып қойыў компенсацияның төмендеги түрлери берилиў шәртлери тийкарында әмелге асырылады:

- пуқараларға турақ жай майданының социаллық нормасынан кем болмаған басқа тең қунлылықтағы абадан турақ жайды мүлк етип бериў және тереклердиң қунын төлеў;
- бузылып атырған жайлар, басқа имаратлар, объектлер ҳәм телеклердиң қунын пуқараларға төлеў, жер участкасын алып қойыў мүнәсибети менен мүлк ийелерине жеткерилген зыянды қаплаў;
- жер участкасын өзлестириў дәўиринде 2 жылға шекемги мүддетке ижараға ўақытша турақ жай берип, бузылып атырған жайлар, имаратлар, объектлер ҳәм тереклердиң қуны толық төленген және келтирилген басқа зыянларды қаплаған жағдайда, пуқараларға жеке тәртипте турақ жай қурыў ушын жер участкасын бериў;
- жер участкасы алып қойылыўы ақыбетинде юридикалық тәреплерге алдынғысына тең қунлылықтағы мүлк бериў ямаса көшпес мүлктиң базардағы қунын және келтирилген зыянларды қаплаў;
- жер участкасы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик талаплар ушын алып қойылыўы ақыбетинде жеткерилген зыянларды толық түрде қаплаў;
- пуқараларға ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли бузылыўы керек болған жайлар, имаратлар ҳәм объектлерди көшириў және жаңа орында тиклеў, сондай-ақ, жер участкасын алып қойыў мүнәсибети менен мүлк ийесине келтирилген зыянларды қаплаў;
- жаңа орында жайлар, имаратлар қурыў және оларды пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплерге мүлк етип бериў, сондай-ақ, жер учтасткасын алып қойыў мүнәсибети менен мүлк ийесине келтирилген зыянларды қаплаў.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған