Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.07.2019 18:34
  • 1367

3-августтан баслап транспорт басқарыўшылар ушын жаңа жәрийма күшке киреди

3-августтан баслап транспорт басқарыўшылар ушын жаңа жәрийма күшке киреди
Усы жылдың 2-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-прорцессуал кодекслерине және Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 135-статьясына (Жол ҳарекети қағыйдаларында нәзерде тутылған ҳүжжетлери болмаған шахслардың транспорт қуралларын басқарыўы) тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Өзгерислерге муўапық, егер юридикалық шахслардың жолаўшы ямаса жүк тасыў хызметин әмелге асыратуғын транспорт қуралларының басқарыўшылары өзлери менен бирге қәнигелигин жетилистириўден өткенлиги ҳаққындағы сертификатқа ийе болмаса, онда олар ең кем мийнет ҳақының бир есеси (1-августтан баслап 223 000 сум) муғдарында жәрийма төлейди.
Мағлыўмат ушын, ҳүкиметтиң 2017-жыл сентябрьдеги қарары тийкарында Әдиллик министрлигине 2018-жыл 1-июльдан баслап Avtotest Report ЖШЖ сертфикатына ийе болмаған, юридикалық тәреплерге тийисли транспорт қуралларын басқарған басқарыўшылар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик енгизиў бойынша усыныслар киргизиў ўазыйпасы жүкленген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған