Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.07.2019 16:35
  • 970

«Қурал ҳаққында»ғы Нызамға қол қойылды. Нызам қашан күшке киреди?

Өзбекстан Республикасының Қурал ҳаққындағы Нызамына қол қойылды, деп хабар берди «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Нызамға муўапық қураллар төмендеги түрлерге ажыратылады:
- пуқаралық қурал;
- хызмет қуралы;
- жаўынгерлик қурал.
«Қурал ҳаққында»ғы Нызамға қол қойылды. Нызам қашан күшке киреди?
Пуқаралық қурал түрлерине аңшылық, спорт ҳәм өзин-өзи қорғаў қураллары киреди.
Өзин-өзи қорғаў қуралларына төмендегилер киреди:
- газли қурал – көзден жас ағызатуғын ямаса ашытатуғын элементлер менен толтырылған киши газли баллонлар, механикалық пүркеўишлер, аэрозоллы қурылмалар ҳәм басқа қурылмалар;
- электрошок қурылмалары, ушқын шығарғышлар ҳәм зыян жеткериў тәсири электр энергиясынан пайдаланыўға тийкарланған басқа қурылмалар.
Жәмийетлик орынларда, қала, қала әтирапына қатнайтуғын, қалалар аралық ҳәм халықаралық транспортта қуралды ашық тәризде (арнаўлы сыртқы қапларсыз) алып жүриў қадаған етиледи.
18 жасқа толған пуқаралар пуқаралық спорт қуралын ҳәм өзин-өзи қорғаў қуралын, 21 жасқа толған пуқаралар пуқаралық аңшылық қуралын алыў ҳуқықына ийе.
Миллий гвардия уйымлары тәрепинен берилетуғын 3 айлық рухсатнамалар тийкарында пуқаралық ҳәм хызмет қуралы алыныўы мүмкин.
Пуқаралық ҳәм хызмет қуралын алыў бойынша рухсатнама қуралды және оның оқ-дәрилерин алып жүриў ҳәм қоллаў ҳуқықын бермейди.
Қуралды алыў бойынша рухсатнама қуралды және оның оқ-дәрилерин алып жүриў ҳәм қоллаў ҳуқықын бермейди.
Нызам рәсмий тәризде жәрияланған күннен баслап 6 ай өткеннен соң күшке киреди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған