Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.07.2019 17:14
  • 1054

Қурал алып жүриў ушын рухсатнама қалай алынады? Қандай ҳүжжетлер керек?

Қурал алып жүриў ушын рухсатнама қалай алынады? Қандай ҳүжжетлер керек?
Рухсатнама алыў ушын пуқаралар турақлы жасаў орны бойынша Миллий гвардия уйымына төмендегилерди усыныўы шәрт:
- арза;
- шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт);
- қуралдан қәўипсиз пайдаланыў қағыйдалары бойынша билими тексериўден өткерилгени ҳаққындағы ҳүжжетлер;
- қуралға ийелик етиўге қарсы көрсетпелер жоқ екенлиги ҳаққындағы медициналық шешим;
- төлем төленгенин тастыйықлаўшы ҳүжжет;
- аңшылар жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен берилген аңшылық гүўалығы (аңшылық қуралын алыў ушын);
- аңшылар жәмийетлик бирлеспесиниң усыныснамасы (мылтық стволлы оқ атар қуралды, сондай-ақ, аўыз бөлегиндеги қуўатлылық 65 джоулдан жоқары ҳәм калибри 9 миллиметрден артық болған пневматикалық аңшылық қуралын алыў ушын);
- атыў спорты тараўындағы хызмет пенен шуғылланатуғын юридикалық шахс тәрепинен берилген спортшы гүўалығы (спорт қуралын алыў ушын).

Еслетип өтемиз, 2019-жыл 29-июль күни Өзбекстан Республикасының Қурал ҳаққындағы Нызамына қол қойылды. Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 6 айдан соң күшке киреди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған